Онда Республикамыздыӊ ҒХҚ ўәкиллери, медицина хызметкерлери қатнасты.
Конференцияда Республика қәнигелестирилген илимий-әмелий Эндокринология медицина орайы Қарақалпақстан Республикасы филиалы директоры Ж.Уббиев орай тәрепинен 2024-жыл әмелге асырылған ҳәм алдағы режелери ҳақкында мағлыўмат берди.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Республика қәнигелестирилген илимий-әмелий Эндокринология медицина орайы Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен денсаўлықты сақлаў системасын реформалаў, емлеў профилактикалық мәкемелердиң материаллық техникалық базасын беккемлеў ҳәм денсаўлықты раўажландырыўдың мәмлекетлик бағдарламасын орынлаў даўам еттирилип атыр.
Бүгинги күнде Республика қәнигелестирилген илимий-әмелий Эндокринология медицина орайы Қарақалпақстан Республикасы филиалында бөлимлер саны 7 ге, орынлар саны 145 ке жетти.
Филиалда диагностикалық, емлеў ҳәм профилактикалық жумысларыныӊ көлеми кеӊейттирилди, жаӊадан лабораториялық тексериў усыллары енгизилип, жаӊадан клиникалық бөлимлер ашылды.
Филиалда диабетик нефропатия бөлими, улыўма диабетология бөлими, улыўма ҳәм балалар эндокринологиясы бөлими, реконструктив пластик хирургия бөлими, реанимация бөлимлери хызмет көрсеткен болса, усы жылы март айынан баслап тиреоид хирургия бөлими искерлигин баслап, бул бөлимде биринши марте филиал хирурглары ҳәм Республика қәнигелестирилген илимий-амелий медицина орайы жетекши қәнигелери тәрепинен тиреоидэктомия операцияларын ислеў жолға қойылды.
Сондай-ақ, филиалда реабилитация бөлими искерлигин баслап, бул бөлимде тийкарынан қантлы диабет наўқаслар, жәнеде семизлик наўқаслар реабилитация қылынады.
Филиалдын раўажланыўы оныӊ материаллық техникалық базасыныӊ беккемлениўи ҳәм барлық бөлимлердиӊ заманагөй медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлениўи, жоқары маманлықтағы илимий кадрларды ҳәм эндокринолог-шыпакерлерин таярлаў менен биргеликте әмелге асырылмақта.
Филиал қәнигелери халықаралық илимий конференцияларда белсенди қатнасып келмекте. Кейинги он жыллықларда филиалдыӊ эндокринолог қәнигелери Россия, Германия ҳәм басқада мәмлекетлердиӊ жетекши қәнигелери менен тығыз байланыста жумыс алып бармақта. Телемедицинаныӊ раўажланыўыда медицинаныӊ жаӊадан қолға киргизген жетискенликлериниӊ бири болып есапланады.
Конференция қатнасыўшылары өзлери қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети