Өзбекстанға денсаўлықты сақлаў системасын қаржыландырыў ҳәм емлеўхана менеджменти бойынша Германияның халықаралық бирге ислесиў жәмийетиниң (GIZ) “Өзбекстанда денсаўлықты сақлаў стратегиясын амелге асырыўды қоллап-қуўатлаў” жойбары тийкарында ўәкиллер Грайфсвальд университети профессоры доктор Штеффен Флесса (Германия) ҳәм Ш.Инаковлар Қарақалпақстан Республикасына келди.
Жәмийет ўәкиллери сапары даўамында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигинде мийманда болып, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов, министр орынбасары Т.Сарбаев ҳәм Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими баслығы Қ.Камалов пенен ушырасты.
Ушырасыўда Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен мәмлекетлик медициналық қамсызландырыўды енгизиў бойынша әмелге асырылған жумыслар, аймақлық ҳәкимлик тәрепинен тастыйықланған жол картасы, аймақлық бөлим хызметкерлериниң функциясы ҳәм ўазыйпалары ҳаққында, Қарақалпақстан Республикасында Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўде Сырдарья ўәлаяты тәжрийбесин әмелде қолланылыўы, аймақлық бөлим хызметкерлериниң жаңа системаны енгизиўде таярлық көриў ушын қатнасқан тренинглер, емлеў профилактика мәкемелери хызметкерлерине әмелий жәрдем бериў ҳәм оқытыў бойынша әмелге асырылған жумыслар бойынша сәўбетлести.