Click to listen highlighted text!

Мойнақта биринши мәрте өткерилген әҳмийетли операция

252

Соңғы гезлери елимизде медицина тараўын раўажландырыў бойынша  әҳмийетли қарар ҳәм пәрманлар қабыл  етилип,  бир қатар реформалар алып барылмақта. Медицина тараўының раўажланыўы әмелдеги ислерде өз көринисин таўып, халқымызға сапалы медициалық хызметлер көрсетилип келинбекте. Усындай илажлардың қатарында Мойнақта биринши мәрте видеолапароскопия үскенеси менен гинекологиялық операция өткерилди.

Республика қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалы гинеколог шыпакери Р. Жуманова басшылығында Мойнақ районлық медицина бирлеспесиниң хурург шыпакерлери менен биргеликте Мойнақ районында биринши мәрте видеолапароскопия үскенеси менен гинекологиялық операциясын әмелге асырды.

32 жастағы ҳаялдың  жатырдан тыс ҳәмиледарлық жағдайы  өмирине қәўип болып турған еди. Тәжрийбели шыпакерлердиң әмелге асырған операциясынан кейин ҳаялдың жағдайы жақсы ҳәм шыпакерлер бақлаўында.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети

Skip to content Click to listen highlighted text!