БМШниң ЮНИСЕФ балалар фонды, Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, ЮНПФП, Дүнья жүзлик денсаўлықты сақлаў шөлкеми менен биргеликте “Ишонч-2030” фонды тийкарында медицина хызметкерлери ушын 13-18-май аралығында Ташкент қаласында шөлкемлестирилген «Медицина бригада искерлигинде Универсал прогрессив модел ҳәм шахслараралық қатнас» атамасында өткерилген семинар тренингта Нөкис қалалық медицина бирлеспесинен Р.Нажимова, Д.Ембергенова, Г.Турсынова, Г.Узақбергенова белсене қатнасып келген еди.

Мине усы семинар тренингта алған билим ҳәм көнликпелерин Қарақалпақстан Республикасы көлеминде медицина хызметкерлерине ен жайдырыў мақсетинде 16-21-сентябрь күнлери аралығында пайтахтымыздағы «Массагет» мийманханасында «Медицина бригада искерлигинде Универсал прогрессив модел ҳәм шахслараралық қатнас» атамасында семинар тренинг өткерилмекте.

Семинар да тийкарынан бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелеринде патронаждың универсал прогрессив модели тийкарында халықты системалы ҳәм мақсетли патронаж бенен қамтып алыўдың әҳмийети кең түрде түсиндирилмекте. Сондай-ақ, бул семинар тренингда Медицина хызметкерлериниң кәсиплик тәжрийбелерин раўажландырыў орайынан жоқары мағлыўматлы медицина мийирбийкелери кафедрасы ассистенти Дилрабо Урунова эксперт сыпатында қатнасып бақлап бармақта ҳәм өз пикирлери менен бөлиспекте.

Семинар даўамында қатнасыўшылар сахналық көринислер арқалыда өз билим көнликпелерин арттырмақта.

 

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети