Денсаўлық тереӊ байлық.Себеби беккем денсаўлық инсан өмириниӊ узақ болыўы ушын хызмет етеди.Инсан өмири даўамында өз денсаўлығы ҳаққында ойлап-саламат турмыс тәрзине әмел етип жасаса денсаўлығы беккем болары сөзсиз.
Бирақта соӊғы ўақытларда дүнья жүзинде ҳәр түрли наўқаслықлар ҳәм жуқпалы кеселликлер көбеймекте.Инсан организими ҳәр түрли наўқаслықларға қарсы гүресиў ушын иммунитет жоқары дәрежеде раўажланған болыўы керек. Иммунитеттиӊ жоқары ҳәм жақсы болыўы ушын инсан ҳәр күни төмендегилерге әмел етиўи тийис:

1.Дурыс аўқатланыўға толық әмел етиў

Күн даўамында аз-аздан 4-5 мәрте аўқатланып,кеминде 400 гр мийўе ҳәм палыз өнимлерин жеў керек.

Қурамында май,қант,дуз,химиялық дәм күшейтиўши элементлер муғдары көп болған өнимлерди муғдарында жеў ямаса шеклеў.

Кешки аўқатты 19:00 ден кешиқтирмеў.
2.Ҳәрекетте болыў

10-15 минут кеминде азанда денетәрбия шынығыўларын ислеў
Кешки сейилге шығыў.
Имкәны барынша спорттыӊ бир түри менен шуғылланыў

Темеки,насыбай,алкоголь өнимлерин қабылламаў ҳәм олардан жырақ болыў.
Жеке гигенаға итибарлы болыў,кийимлерди таза тутыў.
Күнине 7-8 саат толық уйқылаў

Жылына еки мәрте шыпакер тексериўлеринен өтиў

Егер сиз бул жазылған усынысларға әмел етсеӊиз-денсаўлығыӊызда ҳәм өмириӊизди жақсы тәрепке өзгерткен боласыз.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети