Социал тармақлардыӊ бири Kar24.uz сайтында жәрияланған пуқараныӊ видео мүрәжатына тийкар-төмендегилерди мәлим етип билдиремиз.
Видео мүрәжат жоллаған пуқара Ж.Х 2024-жыл 17-май сәнесинде  көп тармақлы поликлиника филиалына  наўқасланып атырғанлығы себепли уйине шакырыў бериледи.  Көп тармақлы поликлиника филиалыныӊ аймақ шыпакери П.Ниетов тәрепинен наўқас көрилип ҳәзирги ўақытта наўқаста Шымбай районлық медицина бирлеспесине стационар емлениўи ушын жоллама берилген. Наўқас 17.05.2024 жыл саат 16:25 те Районлық медицина бирлеспесинин EMERGENCY DEPARTMENT  бөлиминин қабыллаўханасына келген. Қабыллаўхана шыпакерлери тәрепинен наўқасқа рентген, УЗИ тексериўлери өткерилди. Тексериў нәтийжесинде наўқасқа «Хронический бронхит» (созылмалы бронхит) косымша «Последствие миелит»  диагнозы койылып Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниӊ 2023 жыл 17-октябрь күнги №41-санлы буйрығы тийкарында бул кеселлик пенен амбулатор (уй шараятында) емлениў керек екенлигин түсиндирип өтилди. Бирақ наўкас пуқара Б.Ж менен емлеўханада жатыўым керек деп наразы екенлигин билдиреди. Бүгинги күнде  районлық медицина бирлеспесиниӊ терапия бөлими 60 койкаға мөлшерленген болып,  60 наўқас емленип атырғанлығы себепли бос орынныӊ жоқ екенлигин наўқастыӊ ата- анасына  түсиндирип өтилгенлигин ҳәм әкесине өкпеси таза болғанлығы шыпакерлер тәрепинен мәлим етип билдириледи.
Соӊ наўқасқа  үй шараятында емлениў ушын көрсетпелер берилди.

Шымбай районы медицина бирлеспеси