14-июнь  «Халық-аралық Донорлар  күни» сыпатында бийғәрез донорларды ҳәм бийғәрез донорлықты раўажландырыў бойынша белсендилерди қоллап-қуўатлаў, хошаметлеў мақсетинде, ҚР Қан қуйыў орайында байрам дәстүри шөлкемлестирилди.Байрамда, ҚР Денсаўлықты сақлаў министри орынбасары Г.Абдисаметова ҳәм ҚР Қан қуйыў орайы баслығы ў.ў. атқарыўшысы Г.Абдирахмановалар шығып сөйлеп, бәршени байрам менен қутлықлады.

Соӊ белсенди бийғарез донорлар көкрек нышанлары ҳәм байрам саўғалары менен сыйлықланды. ӨР Министрлер Кабинетиниӊ 2014-жыл 23 июльдағы “Ѳзбекистан Республикасы фахрий донори” («Почетный донор Республики Узбекистан») кѳкирек нышаны туўрысында”ғы 202-санлы қарары ҳәмде ӨР Денсаўлықты сақлаў Министрлигиниӊ 2014-жыл 14-авгуттағы “Ѳзбекстан Республикасы фахрий донори” («Почетный донор Республики Узбекистан») кѳкирек нышаны менен сыйлықлаўға усыныс етиў тәртиби туўрысындағы 289-санлы буйрығына тийкар (Өз қанын кеминде қырқ мәрте яки оныӊ қурамлы бөлеклеринен бир бөлимин кеминде алпыс мәрте бийпул тапсырған шахслар “Өзбекстан Республикасының ҳүрметли доноры” кѳкирек нышаны менен сыйлықланады ҳәмде олар бир мәртелик Республикада белгиленген еӊ кем ис ҳақыныӊ 5 есеси муғдарында ақшалай сыйлықланады, сондай-ақ пуллы хызмет корсетиўши емлеўханаларда бийпул аўқатланыў мүмкиншилигине ийе.

Усы жылы бирнеше жыллардан берли бийғарез қан тапсырып киятырған донорлар П.Хожаков, З.Уразбаев, М.Курбанов,Б.Сабуров “Ѳзбекстан Республикасы Фахрий доноры” көкирек нышаны ийесине айналды.

 

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети