Бухара ўәлаяты денсаўлықты сақлаў басқармасынан келген тәжрийбели шыпакерлер, Хожели районы медицина бирлеспесинде өз тәжрийбелери менен бөлисти. Шыпакерлер 4 топарға бөлинип, алыс аймақта жайласқан шаӊарақ поликлиникаларында аймақ турғынларын бирлемши медициналық көриктен өткерип, көрик даўамында шыпакерлер тәрепинен саламат турмыс тәризине әмел етиў, дурыс аўқатланыў, кеселликлердиң алдын алыў бойынша мәсләҳәтлерин берди.
Сондай-ақ, тар тараў қәнигелери тәрепинен район орайыныӊ көп тармақлы медицина поликлиникасында тереӊлестирилген медициналық көриклер алып барылды.
Соныӊ менен бирге, ўәлаяттыӊ жетекши хирурглары ҳәм травматологлары тәрепинен жоқары технологиялық операциялар өткизилди.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети



















