Қубла Корея Республикасының еки ўәлаятынан дүзилген “Kyonggi Province” ҳәм “Khayah international” атлы топарлардың кеўилли жаслары (волонтёрлар) ҳаққында айтып өткен едик.
Республикалық балалар көп тармақлы медицина орайында болып, емленип атырған балалар менен кеўил ашар ойынлар шөлкемлестирди.
– Сырт елден келген мийманларымыздың тили басқа болса да бизге аўдармашының қәжети болмады, балаларымыз тез тил табысып кетти. Балаларымыздың қуўанышларын көрип өзимиздиңде кеўиллеримиз көтерилди,-дейди усы жерде емленип атырған балалардың ата-аналары.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети
















