Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен тастыйықланған режеге муўапық, сырт ел мәмлекетлери менен медицина тараўында бирге ислесиў ҳәм жаңа жойбарларды әмелге асырыў бойынша бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.

 

Усы жылдың 28-31-август күнлери аралығында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен тастыйықланған делегация қурамы «Анкара Мемориал» госпиталы менен өз ара шериклик шеӊберинде «Емлеўханаларды басқарыў» бойынша тәжрийбе алмасыў мақсетинде Туркия мәмлекети Анкара қаласына хызмет сапарына барып келди.

 

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети