Кешки ўақыт уйқыдан алдын узақ ўақыт телевизор көриў, компьютерде ислеў, планшет ҳəм мобил телефонлардан пайдаланыў, яғный көз алдында жасалма жақтылықта болыўы уйқы сапасына унамсыз тəсир етеди.

Кешки ўақытда жасалма жақтылық тəсиринде бас мийде мелатонин гормони ислеп шығарылыўы азаяды. Мелатонин азайыўы кеште кортизол гормони муғдарын асырады.

Бул жағдай төмендегилерге алып келиўи мүмкин:

– қанда қант ҳəм майлар муғдарын асыўына;

– семизликке;

– қандли диабет 2-типине;

– қан басымы ҳəм басқа жүрек-қан тамыр кеселликлерине;

– депрессияға;

– баўырдын май басыўына

Ертеси күни инсан жетерлише уйықламаса пайдасы болмайды. Толық уйқы ушын төмендегилерге əмел қылыў керек:

  1. Кешки уйқыдан 1 саат алдын телевизор көрмеў, компьютер ҳəм гаджетлардан (планшет ҳəм телефон ) пайдаланбаўы керек.
  2. Жүдə кеш уйқыға жатпаўы керек.
  3. Белгили бир ўақытта жатып, бир ўақытта турыўға əдетлениўи керек.

Хажиев Полат,  

Саламатлық ҳəм стратегиялық раўажланыў институты Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы