У.Халмуратов атындағы Республикалық көп тармақлы медицина орайы бүгинги күнде сырт елли шыпакерлер менен тығыз байланыс орнатып, нәтийжели түрде бирге ислеспекте.

Германия Федератив Республикасы Берлин қаласынан эксперт шыпакер, радиолог, медицина илимлери докторы Роланд Бинтнер елимизде болып, жергиликли тәжрийбели шыпакерлер менен биргеликте нейрохирургиялық, терапиялық, урологиялық, травматологиялық, неврологиялық наўқаслығы бар болған пуқараларды медициналық көриктен өткермекте.

 

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети