Кегейли районында аймақлардағы халықтың санынан келип шығып бүгинги күнде 6 орында шаңарақ шыпакерлик пунтки бар болып, “Жаңа ϴзбекстан” массивиндеги жаңа заманагɵй шыпакерлик пункти менен олардың саны  7 ге жетти.

 

Бүгин усы заманагөй шаңарақ шыпакерлик пункти усы массивте жасаўшы халықтың ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды. Ашылыў салтанатына район ҳәкими Айбек Камалов, медицина хызметкерлери ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

 

Онда атап өтилгениндей, шыпакерлик пункт кунине 50 наўқасты қабыллаў мүмкиншилигине ийе болып, имаратта лаборатория, шаншыў ханасы, емлеў ханасы, афтоклав ханалары пуқаралар ушын хызмет етеди.

 

Илаж даўамында, мийманлар имараттың ишки имканиятлары менен танысып, қолайлықларын жоқары баҳалады.

 

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети