ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги басламасы ҚР Ишки ислер министрлиги менен биргеликте Республика қәнийгелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илмий әмелий медицина орайы Қарақалпақстан Республикасы филиалында адам саўдасына қарсы гүресиў, нәрестелер саўдасының алдын алыў, өмир ҳәм денсаўлыққа зыян жеткериўши жынаятлардың алдын алыў бойынша медицина хызметкерлерине кеңнен түсиниклер бериў мақсетинде, үгит-нәсият илажы әмелге асырылды.

Илажға ҚР Денсаўлықты сақлаў министриниӊ  “Аналық ҳәм балалықты қорғаў” бойынша орынбасары Г.Абдисаметова, ҚР Ишки ислер министрлиги Жынаят қыдырыў басқармасы Адам саўдасына қарсы гүресиў бөлими хызметкери, подполковник Х.Джаббиев,  Республика қәнийгелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илмий әмелий медицина орайы Қарақалпақстан Республикасы филиалы директоры орынбасары З.Сипатдинов ҳәм медицина хызметкерлери қатнасты.

 

Онда жоқарыда атап өтилген унамсыз иллетлердиң алдын алыўда ҳәр бир пуқара терең жуўапкершиликти сезиниўи, усы сыяқлы жағдайларға гүўа болса, тийисли орынларға мүрәжат етиўи кереклиги атап өтилди. Усы шеңберде, адам саўдасы жынаяты ушын Нызамда белгиленген статьялар ҳәм жуўапкершилик мәселелери бойынша қосымша мағлыўматлар келтирилди.

 Қатнасыўшылар өзлери қызықтырған сораўларына тийисли жуўаплар алды.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги

Мәлимлеме хызмети