Социал тармақлардың биринде жәрияланған мүрәжат бойынша – ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги төмендегилерди мәлим етип билдиреди.
Республикалық тез медициналық жәрдем орайы Қарақалпақстан филиалы Төрткул бөлими Ақ-қамыс-Мискин тез медициналық жәрдем шахапшасы Төрткул районы «Ақ қамыс» аўыл пуқаралар жыйынындағы бос имәратлардың биринде (бул имарат Төрткул районы медицина бирлеспесиниң есабында емес) ўақытша жайласқанлығы, лекин имәраттың талапқа толық жуўап бермеслигин инабатқа алып, Төрткул районлық медицина бирлеспесине қараслы 39-санлы шаңарақ поликлиникасына жайластырылғанлығын мәлим етемиз.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети