Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Денсаўлықты сақлаў тараўында реформаларды тереңлестириў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында” 2024 жыл 22 январдағы ПҚ 38-санлы қарарына муўапық, сондай-ақ, денсаўлықты сақлаў системасында әмелге асырылып атырған реформаларды тереңлестириў, жетекши сырт ел экспертлер қатнасыўында халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметлер сапасын халықаралық стандартлар дәрежесине алып шығыў ҳәмде тараўда натийжелилигин ҳәм ашықлықты тәмийинлеў мақсетинде Туркияның “SAGLIK GROUP” ЖШЖ консалтинг компаниясынан бир топар қәнигелер келгенлиги ҳаққында хабар берген едик.

Хызмет сапары даўамында туркиялық ўәкиллер Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине қараслы бәрше емлеў ҳәм профилактика мәкемелери, қала ҳәм районлық медицина бирлеспелеринде үйрениў жумысларын алып барды.

Атап айтқанда, медицина бирлеспесинде бар болған машқалалар, қамсызландырыў системасын енгизиўге таярлық жағдайы, әсбап-үскенелер ҳәм қураллар менен тәмийинленгенлиги көрилип шығылды.

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигинде өткерилген мәжилисте үйрениў жумысларының барысы, Түркияның медициналық хызметлериниң сапасы ҳаққында қарақалпақстанлы медицина хызметкерлерине мағлыўматлар берилди. Пикир-усыныслар билдирилип, алдағы ўазыйпалар келисип алынды.

Үйрениўлердиң баслы мақсети – денсаўлықты сақлаў системасында әмелге асырылып атырған реформаларды тереңлестириў, халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң сапасын халықаралық стандартлар дәрежесине алып шығыў, тараў нәтийжелилигин ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў болып есапланады.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети