Warning: "continue" targeting switch is equivalent to "break". Did you mean to use "continue 2"? in /home/jaslaruz/domains/qrdsm.uz/public_html/wp-content/plugins/telegram-for-wp/inc/Notifcaster.class.php on line 318
Бүйрек көшириў операциясы өткерилди – Qaraqalpaqstan Respublikası Densawlıqtı saqlaw ministrligi
  Click to listen highlighted text!

Бүйрек көшириў операциясы өткерилди

129

Қоңырат районлық медицина бирлеспесинде биринши мәрте “Бүйрек көширип өткериў” операциясы әмелге асырылды.

Шымбай районында жасаўшы, пуқара Гулзархан Караматдинова бир нешше жыллардан берли “Даўамлы гломерулонефрит аралас формасы. Бүйрек жетиспеўшилиги режели гемодиализ” кеселлиги менен наўқасланып, турақлы емленип киятырған еди.

Наўқастыӊ доноры, анасы Света Туреева өз қәлеўи менен бир бүйрегин қызына беретуғын болды.

“Бүйрек көширип өткериў” операциясы ушын бул еки пуқара, Академик В.Ваҳидов атындағы республикалық қәнигелестирилген илимий хирургия орайында операция ушын барлық медициналық тексериўлерден өткерилген ҳәм операция ушын жуўмақ берилген.

  

Операцияны жергиликли ҳәм Ташкент қаласынан келген хирург тәжирийбели шыпакерлер әмелге асырып, нәтийжели жуўмақланды. Ҳәзирги ўақытта еки пуқараныӊ да денсаўлығы жақсы.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети

Skip to content Click to listen highlighted text!