Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасында “қызыл” ҳәм “сары” дәрежеге киргизилген 96 мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы пуқаралар тереңлестирилген медициналық тексериўлерден өткерилмекте.  

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги басламасы менен Нөкис районлық медицина бирлеспеси көп тармақлы поликлиникасында халықтың медициналық машқалаларын үйрениў, кеселликтиң алдын алыў, сапалы хызмет көрсетиў мақсетинде Республикалық емлеў профилактикалық мәкемелеринен жоқары категориялы, тәжрийбели шыпакерлер тәрепинен   профилактикалық медициналық тексериўлер шөлкемлестирилди.   

Онда тар тараў қәнигелери кардиолог, эндокринолог, окулист, невропатолог, онколог шыпакерлери ҳәм районлық көп тармақлы поликлиникасы медицина хызметкерлери тәрепинен пуқараларға медициналық тексериў өткерилди.

Медициналық тексериў нәтийжесинде наўқаслылығы анықланған пуқараларға амбулатор емлениў усыныс етилди, ал 5 наўқасқа саламатлығын тиклеў ушын районлық медицина бирлеспесиндеги бөлимлерде стационар емлениў ушын жолламалар берилди.

Илаж даўамында пуқараларға бийпул дәри-дармақлар тарқатылып, “Суўық ҳаўада жыллы кийиниў”, “Туўры аўқатланыў”, “Зыянлы әдетлердиң алдын алыў” бойынша түсиниклер берилди.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги

Мәлимлеме хызмети