Денсаўлықты сақлаў тараўында халықаралық тәжирийбелер менен танысыў, бул бағдарда алдыңғы тәжирийбелерди үйрениў, қолланыў халқымыздың ийгилиги ушын бирге ислесиў бәрқулла үлкен әҳмийетке ийе болып келмекте.

Әлбетте, бундай халықаралық бирге ислесиўлер елимизде медицина тараўын және де раўажландырыў ҳәм сапалы медицина хызмет түриниӊ заман талапларына сәйкес болыўына  түртки бермекте.

Усындай халықаралық бирге ислесиўлерди даўам етиў мақсетинде, бүгин Кореяның «Hub» компаниясы директоры Sungwon Sul, “Solar Dream Co., Ltd компаниясы директоры Dong-Sun, Han басшылығындағы делегацияны Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов  күтип алды ҳәм дөгерек сәўбетин алып барды.

Сәўбетлесиў даўамында мәмлекетимизде медицина тараўында заман талапларына сәйкес халықаралық жойбар шеңберинде жаӊадан өзгерислер киргизиў бойынша сырт елли қәнигелердиӊ пикир-усыныслары тыӊланды.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети