Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында наўқасларға «Тез жәрдем» хызметин көрсетиўдиң сапасын жақсылаў, қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиўди жетилистириў мақсетинде, бүгин Республикамызға 8 жаңа «тез жәрдем» автомобильлери алып келинип, Нөкис қаласы ҳәм районлық медицина бирлеспелерине салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Илажда Қарақапақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет басығы М.Атамуратов шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң арнаўлы қарарлары тийкарында медицина тараўын раўажландырыў, емлеў-профиликатика мәкемлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, оларды жетик қәнигелер менен тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумысларды мақтаныш пенен атап өтти ҳәм республикамызға алып келинип атырған бул автомобильлер жоқарыда айтып өткен сөзимиздиң айқын дәлийли екенлигине тоқтап өтти.
Соны айтып өтиўимиз керек, соңғы жыллары Президентимиздиң қарары тийкарында, республикамызда халқымызға тез ҳәм сапалы медициналық хызмет көрсетиў мақсетинде, «Тез жәрдем» автомашиналары басқышпа-басқыш жаңа транспортларға алмастырылмақта. Атап айтқанда, бүгинги күнге шекем республикамызға 90 ға шамалас «Volkswagen Caddy» маркалы арнаўлы тез жәрдем автомашиналары алып келинип, олар халқымыз ийгилиги жолында хызмет етпекте.
Автомашиналарды тапсырыў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Утемуратов, ҚР Денсаўлықты сақлаў министри М.Курбанов қатнасты.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети