Ипотека банк OTP Group тәрепинен Республикалық тез медициналық жәрдем орайына 10 дана BYD Seagull маркалы заманагөй электромобиллер инам етилди.

Бул электромобиллер Республикалық тез медициналық жәрдем орайының 10 аймақлық филиаллары арасында бөлистирилген еди.

Қарақалпақстан Республикасына жетип келген бир дана BYD Seagull маркалы заманагөй электромобилди Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов Республикалық тез медициналық жәрдем орайы Қарақалпақстан Республикасы филиалы хызметкерлерине тапсырды.

– Бул берилип атырган BYD электромобиль фельдшерлердин басқарыўына бериледи. Денсаўлықтың арнаўлы тәртиби тийкарында тест режиминде носилька (зәмбилсиз) жеңил шақырыўларға барыў мақсетинде пайдаланылады. Бул электромобиль экологиялық жақтан да қолайлы болып, ҳаўаның патасланыўына зыян жеткизбейди,-дейди Республикалық тез медициналық жәрдем орайы Қарақалпақстан Республикасы филиалы директоры И.Нурымбетов