Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен кейинги ўақытта медицина тараўында бир қанша жаңаланыўлар әмелге асырылмақта.Әсиресе басқа мәмлекетлер менен бирге ислесиў,тәжрийбе алмасыў,әҳимийетке ийе меморандумлардың дузилиўи келешекте Қарақалпақстан медицинасының раўажланыўы ушын баслы мақсет болып есапланады.
Қарақалпақстан медицина институты клиникасында Россия Федерацияның Пермь қаласынан келген тәжрийбели шыпакер,кардиохирург
Синельников Юрий Семенович журегинде наўқаслығы бар болған балаларды медициналық көриктен өткерди.
Медициналық көрик даўамында,журегинде наўқаслығы бар балалар ҳәм операцияға мутәж балалар дизими дузилип,балалардың ата-аналарына мәсләҳәтлер берилди.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети


















