• Самарқанд Түркия медицина форумында Қарақалпақстан аймақлық Перинатал орайы – Түркия менен шәртнама дүзди
  • Самарқанд қаласында болып өткен “Самарқанд Түркия медицинасы форумы” шеӊберинде, Қарақалпақстан медицинасы ўәкиллери қатнасып,Түркия мәмлекети менен бир қатар жаӊа жойбарларды әмелге асырыў ушын келисимге еристи. Форумда, Қарақалпақстан Республикасы аймақлық Перинатал орайы, Түркия мәмлекетиниӊ, Анкара қаласында жайласқан, Түркия Перинатал орайы менен бирге ислесиў ушын шәртнама имзалады. Қарақалпақстан аймақлық Перинатал орайы директоры М.А.Бабажанов тәреплер менен өз-ара сөйлесиўлер алып барды ҳәм еки тәреп келисимине тийкар ҳүжжетлер имзаланды. Буннан тийкарғы мақсет, республикамызда ана ҳәм бала саламатлығын сақлаў, акушер гинеколог ҳәм мийирбийкелердиӊ тәжрийбесин асырыў,қурамалы гинекологиялық операцияларды әмелге асырыўда жаӊа технологиялар менен ислесиў сыяқлы бир қатар режелердиӊ әмелге асырылыўы белгилеп өтилди.
  • ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети