Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлииги ҳәм министр М.Қурбанов басламасы менен бүгинги күнде министрлик жанынан шөлкемлестирилген “Саламат турмыс тәрзин қоллап қуўатлаў шынығыўларын әмелге асыратуғын спорт зал” шөлкемлестирилген ҳәм жасыл қапламаға ийе спорт майданшасы орын алған. Бүгинги күнде усы орынларда еки спорт түри “Хоккей” ҳәм “Jiu Jitsu” спорт түрлери менен шуғылланыўшы жаслар спорт пенен шуғылланып атыр. Бүгинги күнде бул еки спорт түрине, ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги қәўендерлик етип келмекте. “Jiu Jitsu” спорт түри менен шуғылланыўшы спортшы жаслар менен ҚР Денсаўлықты саклаў министри М.Курбанов ушрасып,оларға Бирлескен Араб Амирлиги мәмлекетиниӊ пайтахты Абу-Даби қаласында усы айда болып өтетуғын Азия чемпионатында жақсы нәтийжелер менен қатнасып қайтыўына тилеклерин билдирип өтти.Ҳәзирде спортшылар Абу-Даби қаласында болып атырған Азия чемпионатында катнасып атыр. ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлмиги ҳәм бәрше медицина хызметкерлери атынан, спортшыларға әўмет тилеп, жақсы нәтийжелерге ерисип, елимиз байрағын көкке көтериўине исеним билдирип қаламыз. ҚР Денсаўлықты саклаў министрлиги Мәлимлеме хызмети
JIU JITSU ҲӘМ ХОККЕЙ СПОРТ ТҮРЛЕРИНИӉ ДЕНСАЎЛЫҚТЫ САҚЛАЎ МИНИСТРЛИГИНЕ ҚАНДАЙ БАЙЛАНЫСЫ БАР ? …
435