Бүгин ҳәмме шаңарақтың, ҳәр бир инсанның, көбинесе балалардың сүйип жейтуғын алма мийўеси ҳаққында бир қанша пайдалы мағлыўматларды айтып өтпекшимен. Aлма мийўесиниң 80% суўдан ибарат болғаны менен 20% инсанға керек элементлер менен байытылған.

Алманың келип шығыўы Oрайлық Азия болып, дүньяға алманың 7000 түри тарқалған. Алмада С, В1,В2,Р, Е, A витаминлери болып кальций, марганец ҳәмде темир элементлери жүдә көп есапланады.

Aлма мийўесиниң қәсийетлерин айтып өтетуғын болсақ aлмадағы кальций элементи сүйек клеткаларын беккемлеўде, қантлы диабет кеселлигин инсан организминен узақластырады. Және де бул мийўениң хаял-қызлар ушын ең керекли пайдасы жүз терисиниң тынық ҳәм жас көрсетиўге жәрдем береди.

Алманың және бир пайдалы қәсийети ол инсанның кейпиятын көтериўге жәрдем береди. Бул ушын үйиңиздиң яки дем алатуғын бөлмеңиздиң әйнеги жанына бир алма мийўесин екиге бөлип қойыў керек. Соннан кейин бул сыйқырлы мийўе сизиң мийиңиздеги күнделикли шаршаўларыңызды өзине алып, уйқыңызды тыныш қылады. Алма мийўеси ҳаққында және бир факт алымлардың aйтыўынша еркеклер күнине алманы 700 гр ҳаяллар болса 500 гр артық қабыл етпеўи керек. Профессор ҳәм изертлеўшилердиң айтыўынша егер ақыллы болғыңыз келсе алма мийўесин жеўди усыныс берген. Сонлықтан аўқат рационыңызға алманы қосыўыңызды усыныс етемиз.

 

(Интернет материаллары тийкарында таярланды)

Мунира Файзуллаева,

ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети 4-курс студенти