Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Денсаўлықты сақлаў тараўында реформаларды тереңлестириў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында” 2024-жыл 22-январьдағы ПҚ-38-санлы қарарына муўапық, сондай-ақ, денсаўлықты сақлаў системасында әмелге асырылып атырған реформаларды тереңлестириў, жетекши сырт ел экспертлер қатнасыўында халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметлер сапасын халықаралық стандартлар дәрежесине алып шығыў, тараў нәтийжелилигин ҳәм ашықлықты тәмийинлеў мақсетинде Туркияның “SAGLIK GROUP” ЖШЖ консалтинг компаниясынан бир топар қәнигелер Нөкис районына келди.
Нөкис районындағы медицина бирлеспесинде болып, бирлемши системадағы бар болған машқалалар, мәмлекет медициналық қамсызландырыў системасын енгизиўге таярлық жағдайын үйренди.
Тийкарынан, медициналық әсбап-үскенелер ҳәм қураллар менен тәмийинленгенлиги, кепилленген пакетке киритилген медициналық хызметлерди қаржыландырыў механизмлерин мониторинг етилди.