Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жумысларын ҳәм пуқараларға медициналық хызмет түрлериниӊ қалай көрсетилип атырғанлығы менен жақыннан танысыў мақсетинде-Олиий Мажлис Сенаты кеӊесиниӊ 2024-жыл 6-марттағы КҚ-700- IV-санлы қарарына муўапық исши топар дүзилип, исши топар Республикамызда болып, медицина бирлеспелери жумыслары ҳәм ана-бала перинатал орайлары менен жақыннан танысып, үйрениў жумысларын алып барды.
Әсиресе, алыс районлардан Елликқала ҳәм Беруний районы медицина бирлеспеси жумыслары жақыннан үйренилди.Районлардағы алыс аўылда жайласқан шаңарақларға исши топар ағзалары барып, пуқаралардан медициналық хызмет сапасы ҳәм шыпакерлердиң медициналық хызмет көрсетиўи бойынша пуқаралар менен сәўбетлесиўлер алып барды.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети
















