Республика қәнигелестирилген Гематология илимий-әмелий медицина орайыныӊ шыпакерлери, Қарақалпақстан Республикасында хызмет сапарында болып турыпты. Ташкент қаласынан келген шыпакерлер, У.Халмуратов атындағы республика емлеўханасы “Гематология” бөлиминде емленип атырған наўқаслығы бар болған пуқаралар менен ушрасып,оларға медициналық мәсләҳәтлер берип өтти.Бөлимниӊ шыпакерлери ушын семинар шөлкемлестирилди.
Хожели,Беруний,Төрткүл районы медицина бирлеспелеринде 150 ден аслам пуқаралар медициналық тексериўлерден өткерилди.Олардыӊ айырымларына республикалық емлеўханада емлениў ушын жолламалар бериў бойынша, медицина бирлеспесине усыныслар берилди.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети