Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәжлислер залында әҳимийетли ушрасыўлардан бири болып өтти.
Жәҳән Денсаўлықты сақлаў шөлкеми ҳәм UNOPS тыӊ “Қарақалпақстанда улыўма денсаўлықты сақлаў ҳәм қәўипсизликке ерисиў жолында (UHC+B)” бағдарламасы бойынша миссия дәстүри  бойынша тийисли тараў қәнигелери менен ушрасыў болып өтти.
Ушрасыўда, ҚР Денсаўлықты сақлаў министри М.И.Қурбанов қатнасып мийманлар менен келешекте алдағы жумыслар бойынша пикирлер алмасты.
ЖДСШ ныӊ мәсләҳәтшиси Жессика Йин, UNOPS шөлкеминиӊ ағзалары Ж.Рахманов, Д.Рустамовлар өзлериниӊ Қарақалпақстанда Денсаўлықты сақлаў тараўында әмелге асырылыўы күтилип атырған проектлери менен таныстырып өтти.
Ушрасыў сораў –жуўаплар менен даўам етти…

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети