Ағзаға керекли витаминлер – инсан саламатлығын сақлаўда ҳәм түрли кеселликлердиң алдын алыўда әҳмийетли роль атқаратуғын затлар. Ҳәр бир витаминлердиң өзине тән хызмети бар ҳәм олардың жетиспеўи денсаўлыққа айтарлықтай зиянын тигизеди.
Төменде тийкарғы витаминлер ҳәм олардың қандай кеселликлерден сақлайтуғыны туўралы кеңирек тоқталамыз.
A витамини – көз ҳәм иммунитет ушын керекли витамин есапланады. Ол балық майы, гешир, мәйек, баўыр, сүт өнимлери қурамында ушырасады. А витамини көздиң көриў қәбилетиниң пәсейиуи (әсиресе түнги соқырлық), инфекциялық кеселликлердиң алдын алыўға жәрдем береди. A витамини көздиң тор пердесин қорғайды ҳәм иммунлық системаны жақсылайды. Ол тери қатламларының турақлы жағдайын сақлаў ушын да әҳмийетли.
B витаминлери – нерв системасына унамлы тәсир өткереди. Ол бийдай, ғоза, гөш, сүт, мәйек өнимлеринде болады. В витамини депрессия, ядта сақлаў қәбилетиниң төменлеўи сыяқлы кеселликлердиң алдын алады. B топарына кириўши витаминлер зат алмасыў процессин ретлестирип, нерв системасына унамлы тәсир өткереди. Витамин B12 анемияның алдын алады ҳәм мийдиң жақсы ислеўине жәрдем береди.
C витамини – иммунитетти қорғаўшы ҳәм антиоксидант ўазыйпасын атқарады. Бул витаминди цитрус мийуелерден, болгар бурышы, киви, көк шөплерден алса болады. Бул витаминди өзинде сақлаўшы өнимлерди турақлы қабыллаў аязлаў, жуқпалы кеселликлер, цинга кеселликлериниң алдын алады. C витамини ағзаның инфекцияларға қарсы гүресиў қәбилетин күшейтеди. Соның менен бирге антиоксидант сыпатында еркин радикаллардың зиянын пәсейтип, тери ҳәм буўынларды жақсылайды.
D витамини– Сүйеклердиң беккемлигин сақлаўда әҳмийетли роль ойнайды. Бул витаминди күн нуры, балық майы, мәйек, сүт өнимлеринен алса болады. Д витамини остеопороз, рахит, иммунитеттиң ҳәлсиреўи сыяқлы кеселликлердиң алдын алыўға жәрдем береди. D витамини кальцийдиң сиңиўин тәмийинлеп, сүйеклер менен тислердиң беккемлигин арттырады. Сондай-ақ, бул витамин иммунлық системаны жақсылаўға әҳмийетли роль атқарады.
Витаминлер – ағзаның дурыс жумыс ислеўи ушын керекли есапланады. Сол себепли олардың жетиспеўшилиги түрли кеселликлерге әкелиўи мүмкин. Сонлықтан ҳәр бир инсан туўры ауқатланыўды жолға қойып, витаминлерге бай азықлық затларды күнделикли рационына қосыўы керек. Күнделикли турмыста витаминлерге әҳмийет қаратыўымыз – өзимизди кеселликлерден қорғаўдың ең әпиўайы усылы. Денсаўлығыңызды күтиң ҳәм де пайдалы әдетлерди қәлиплестириң.
(Интернет материаллары тийкарында таярланды)
Гулнара Абдиева,
ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети,
Мәлимлеме хызмети ҳәм жәмийетшилик пенен байланыслар топары 4-курс студенти