Социал тармақлардың биринде жәрияланған видеомүрәжат бойынша – ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги төмендегилерди мәлим етип билдиремиз.

Пуқара Нурымбетова Гулбахар Абдикаликовна 2024 жыл 2-декабрь күни У.Халмуратов атындағы Республикалық көп тармақлы медицина орайы неврология бөлимине электрон ордер менен жатқарылды ҳәм оған «Бел омыртқа остеохондроз ҳәм сколиоз, вертеброген радикулопатияның ақыбетинде компрессион-ишемик аўырыў синдромы, төменги терең спастик парапарез. Шанақ ағзаларының дәретлерин услап турыўының бузылыўы. Бел омыртқасы грыжаларының операциядан соң жағдайы шеп тәреплеме кеңейтирилген интерламиноэктомия резекциясы, омыртқа каналының L4-L5 аралығында декомпрессиясы 15.03.2016 жыл гемиламиноэктомия L4-L5 аралығындағы грыжасының алыў реоперациясы» диагнозы менен емлеў ислери алып барылды.

Емлениў даўамында кеселлигине неврология стандартына тийкарланып инструментал диагностикалық ҳәм лабаратор тексериўлерден өткерилди.

Диагностика бөлиминен шыпакер Улбосын Мусаева ҳәм мийирбийке портатив УЗИ аппаратын наўқастың ханасына алып барып түсирежақ ўақтында, наўқас Нурымбетова Гулбахар Абдикаликовна УЗИ тексериўден бас тартқан, бул ҳаққында кеселлик тарийхында көрсетилип өтилген.

Емлениў даўамында наўқасқа кеселлигине сай дәрилери бийпул берилген. Наўқас 2024-жыл 2-декабрден 13-декабрь сәнелерде стационар жағдайда жатқан ханасында, хана ыссылығы 20-22 градус дәрежеде көрсетилип турған ҳәм бул көрсеткиш СанПИН талапларына толық жуўап беретуғынлығын мәлим етип билдиремиз.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети