НӨКИСТЕН МИНСККЕ ҚАРАЙ ЖОЛ
Атап өтиў орынлы, кейинги жылларда мәмлектимиздиӊ медицина тараўына қаратып атырған итибардыӊ нәтийжесинде –сырт ел тәжрийбеси кеӊ түрде үйренилмекте.Сырт елдеги белгили емлеўханалар менен меморандумлар дүзиў,бирге ислесиўди жолға қойыў, сырт елли медицина тараў хызметкерлериниӊ елимизде болып тәжрийбелери менен бөлисиўи-булардыӊ бәршеси бүгинги күн медицинасыныӊ баслы мақсетлериниӊ бири.
Ал, елимиз медицина тараў хызметкерлериниӊ мәмлекет есабынан қаржыландырылып-сырт еллерге барып, билимлерин асырып қайтыўы, форумларға қатнасыўы арқалы өз билимлерин асырыўы менен биргеликте бирге ислесиўлердиӊ жолға қойылыўына түртки болып келмекте.
Усындай имканыятлардан толық пайдаланған, Нөкис қаласы медицина бирлеспеси ағзалары,Беларусь мәмлекетиниӊ пайтахты Минск қаласында болып атырған халықаралық медициналық форумда қатнасып атыр.Жергиликли бул делегацияға Нөкис медицина бирлеспеси баслығы Жамал Тарихов басшылык етпекте. Форум даўамында форум қатнасыўшылары, Минск қаласында жайласқан емлеўханалар ҳәм медициналық оқыў орынлары менен жақыннан танысады. Минск қаласында болып атырған медициналық халықаралық форум менен сизлерди-тез арада толығырақ таныстырып өтемиз…
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети


















