Нөкис қалалық медицина бирлеспеси мәжлислер залында “Басым ҳәм зорлықтан жәбирленген шахсларға социаллық хызметлер көрсетиўди жетилистириў бойынша қосымша илажлар” ҳаққындағы ПҚ-175-санлы қарардын мазмунын түсиндириў бойынша илаж болып өтти.

 


Онда Ҳаялларды реабилитация қылыў ҳәм бейимлестириў орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими юрисконсульты Э.Ембергенова, психологы Г.Ембергенова, «Саламатлық ҳәм стратегиялық раўажланыў институты» Нөкис қалалық бөлими шыпакери Т.Ганиева, Нөкис қалалық медицина бирлеспесиниӊ медицина хызметкерлери қатнасты.

 

Илажда Ɵзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 10-май күнги ПҚ-175-санлы «Басым ҳәм зорлықтан жәбирленген шахсларға социаллық хызметлер кѳрсетиўди жетилистириў бойынша қосымша ис илажлар ҳаққында»ғы қарарының мазмуны, басым ҳәм зорлыққа ушыраған ҳаял-кызлардың ҳуқықлары ҳәм мәплерин қорғаў бойынша ҳүкиметимиз тәрепинен ажыратылған социаллық жәрдемлер ҳаққында кеңнен түсиниклер берилди.

 

 

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети