Таңлаў жеңимпазлары сыйлықланды
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Қарақалалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги кибер жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм пуқараларды кибер қәўиплерден хабардар болыўын тәмийнлеў мақсетинде усы жылдың 17 июль күнинен 24 июль күнине шекем “Кибер мәканда әмелге асырылатуғын жынаятларға қарсы гүресиў ҳәптелиги (Cyber-Week)”-(кейинги орынларда ҳәптелик)шеңберинде комплекс үгит-нәсият жумысларын шөлкемлестирген еди.
Усы мүнасибет пенен медицина тараў хызметкерлери арасында социал тармақлардан дурыс пайдаланыў, алдаўшылар қармағына түсип қалмаў мақсетинде “Банк картасы кодын ҳеш кимге бермеймен” ураны астында медицина хызметкерлери қатнаысыўында видео ҳәм фото материаллар таярлаў арқалы социал тармақларда челенжлер өткерилди.
Тараў хызметкерлери тәрепинен таярланған материаллар даўыс бериў жолы арқалы-жеңимпазлықты қолға киргизди.
Усы таңлаўда республика медицина тараў хызметкерлери арасында
I орын Ахметова Заҳира Жубатқановна
Республика кардиология орайының бас мийирбийкеси
II орын Игликова Салтанат Шүкирллаевна
Нөкис қаласы 8 санлы шаңарақ поликлиникасы мийирбийкеси
III орын Нөкис қаласы 8 санлы шаңарақ поликлиникасы мийирбийкелер командасы жеңимпазлықты қолға киргизди.
Таңлаў жеңимпазлары қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети
















