Қарақалпакстан көркем өнер сарайында 12-май- “Халық аралық мийирбийкелер күни” кәсип байрамы мунәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамыныӊ Қарақалпақстан Республикасы кеӊеси менен биргеликтеги байрам илажы өткерилди.
Байрам илажында денсаўлықты сақлаў тараўындағы жемисли хызмети ушын бир қатар орта буўын медицина хызметкерлери, Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық Кеңесиниң “Ҳүрмет жарлығы” ҳәм баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.
Соңың менен қатар орта буўын медицина хызметкерлери арасында өткерилген «Жылдыӊ еӊ жақсы орта медицина ҳәм фармацевтика хызметкери» таӊлаўыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқышыныӊ жеңимпазлары да министрлик ҳәм кеңестиң биргеликтеги дипломлары ҳәм Кеңес тәрепинен таярланган баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Байрам илажлары көркем өнер тараўы хызметкерлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти/
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети
















