У.Халмуратов атындағы республикалық көп тармақлы емлеўханада “Бүйрек көширип өткериў” операциясы тәжрийбели шыпакерлер тәрепинен әмелге асырылды.
Кегейли районында жасаўшы, пуқара Г.Ешниязова бир нешше жыллардан берли “Даўамлы гломерулонефрит аралас формасы. Бүйрек жетиспеўшилиги режели гемодиализ” наўқаслығы менен емленип киятырган еди.
Наўқастыӊ доноры, Э.Шаўдырбаева өз қәлеўи менен бир бүйрегин анасына беретуғын болды.
“Бүйрек көширип өткериў” операциясы ушын бул еки пуқара, Акедемик В.Вахидов атындағы республикалық қәнигелестирилген илимий хирургия орайында, операция ушын барлық медициналық тексериўлерден өткерилген ҳәм операция ушын жуўмақ берилген.
Операцияны жергиликли ҳәм Ташкент қаласынан келген хирург шыпакерлер әмелге асырды ҳәм нәтийжели жуўмақланды. Ҳәзирде еки пуқараныӊ да, денсаўлығы жақсы.
Бул операцияныӊ барлық ғарежетлери, “Мәмлекетлик қамсызландырыў қоры” тәрепинен қаплап берилди.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети



















