Қантлы диабет – бул қанда қант муғдарының турақлы жоқары болыўы менен кешетуғын кеселлик болып табылады. 2021-жыл жағдайына көре дүнья бойлап 537 миллион халық қантлы диабет пенен кеселленген. Қантлы диабеттиң тийкарынан 2 типи парқ етеди: қантлы диабет 1-типи ҳəм қантлы диабет 2-типи. Қантлы диабет 1-типи аутоиммун кеселлик болып, салыстырғанда кем ушырайтуғын кеселлик түри болып табылады.
2023-жылға келип Өзбекстанда Қантлы диабет кеселлиги менен дизимге алынған адамлар саны 377 115 наўқасты қурады. Олардан 357 066 адам бул қантлы диабет 2-типи аўырыў тури болып табылады.
Қантлы диабет 2-типи раўажланыўының себеби семизлик болып, ол ҳəзирде дүнья бойлап жүдə кең тарқалған. Қантлы диабет 2-типи жуқпалы болмаған кеселликлер қатарына кирип, ол майыплық ҳəм ўақтынан бурын өлимге себеп болыўы мүмкин.
Қантлы диабет 2-типи асте-ақырынлық пенен раўажланып, көбинесе кеш анықланады. Бул кеселликтиң тийкарғы белгилери:
– аўыз қурғаўы,
– шөллеў,
– тез-тез киши дəретке шығыў,
– тез шаршаў.
Кеселликти ерте дəўирлеринде көпшилик бул белгилерге итибар бермейди ҳəм шыпакерге кеш мурəжат етеди. Кеселлик диагнозы қойылғанында, наўқаста белгилер раўажланып болған болады.
Қантлы диабет тəсирлери:
жүрек-қан тамыр кеселликлери раўажланыўы (қан басымы асыўы, инфаркт, инсулътлар)
– диабет нефропатиясы – бүйреклер искерлигин төменлеўи;
– диабет ретинопатиясы – көз көриў қəбилетин төменлеўи;
– аяқларда жаралар болыўы, ампутация мүмкиншилиги;
Жүрек-қан тамыр кеселликлери раўажланыўы кейиншели инсанда стент яғный тамыр тарайып қалғанда оны кеңейтиў емлеў əмелиятына мүтəж болыўы мүмкин.
Қантлы диабет 2-типинде айрықша өзгешелиги бул – оны алдын алыў ҳəм жаңа анықланғанында ремиссияға түсириў мүмкиншилиги бар болып табылады.
Ремиссия дегени – кеселлик белгилери улыўма кетеди, қанда қант муғдары нормаға түсип, аўыздың қурғаўы ҳəм шөллеў белгилери жоғалады.
Буған тийкарланып қантлы диабет 2-типи себеби – семирип кетиўи менен байланыслы.
Егер наўқас дене салмағы кемейсе, қантлы диабет 2-типи ремиссиясы бақланады, бирақ наўқас салмағы асса, кеселлик тағы қайтып келеди. Қантлы диабет 2-типи алдын алыўда ҳəм семизликти тəртипке салыў зəрүр əҳмийетке ийе.
Полат Хажиев,
Саламатлық ҳəм стратегиялық раўажланыў институты Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы
















