Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен медицина хызметкерлери арасында  спорт жарысларын шөлкемлестириў арқалы олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ҳәм   ғалабалық спортқа кең түрде тартыў арқалы саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң шөлкемлестириўи менен Нөкис қаласы 1-санлы спорт мактебинде медицина  хызметкерлери (ҳаяллар  ҳәм  еркеклер) арасында  саламат турмыс қәлпин енгизиў, оларды спортқа кеңнен тартыў мақсетинде «Саламатлық турмыс тәризи ҳәмме ушын» сүрени астында спорттың шахмат, шашка, стол тенниси, мини-футбол түрлери бойынша Спартакиада шөлкемлестирилди.


Спартакиаданың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң биринши орынбасары Акмал Асқаров, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң аналық ҳәм балалықты қорғаў ҳәм репродуктивлик саламатлық бойынша орынбасары Гаўҳар Абдисаметова, Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы Лизахан Байбосыновалар шығып сөйлеп, жарыс қатнасыўшыларына табыслар тиледи.

 

Спорт жарыслары жуўмағында

Спорттың «Шашка» түри бойынша (Ҳаял-қызлар арасында):

1-орын Нурсулыў Узақбаева (Қанлыкөл районлық медицина бирлеспеси),

2-орын Амангүл Абдираманова (Тахтакөпир РМБ),

3-орын Ажимуратова Гулнара (Кегейли РМБ),

 

Спорттың «Шашка» түри бойынша (Ерлер арасында):

1-орын Хусниддин Оразымбетов (Торткул районлық медицина бирлеспеси),

2-орын Оралбай Утениязов (Нөкис районы РМБ),

3-орын Нурлан Торениязов (Тахтакөпир РМБ),

 

Спорттың «Шахмат» түри бойынша (Ҳаял-қызлар арасында):

1-орын Мафтуна Давлетбаева (Амиўдәрья РМБ),

2-орын Раўшан Султанова (Шымбай РМБ),

3-орын Гулнара Қадиримбетова (Кегейли РМБ),

 

Спорттың «Шахмат» түри бойынша (Ерлер арасында):

1-орын Жаҳангир Еримбетова (Амиўдәрья РМБ),

2-орын Ҳамдам Дурдиев (Еллиққала РМБ),

3-орын Мелс Ескабулов (ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги),

 

Спорттың «Стол теннис» түри бойынша (Ҳаял-қызлар арасында):

1-орын Луиза Алиева (Нөкис қалалық медицина бирлеспеси)

2-орын Фазилат Матякупова (Төтркул РМБ),

3-орын Алтынай Торебаева (Қанлыкөл РМБ),

 

Спорттың «Стол теннис» түри бойынша (Ерлер арасында):

1-орын Абдулазиз Юлдашев (Амиўдәрья РМБ),

2-орын Анвар Ходжаниязов (Төртул РМБ),

3-орын Санжар Эщанов (Мойнақ РМБ),

 

Спорттың «Футбол» түри бойынша:

1-орын Шымбай районлық медицина бирлеспеси,

2-орын Тахтакөпир районлық медицина бирлеспеси,

3-орын Кегейли районлық медицина бирлеспеси ийеледи.

Спартакиада жуўмағында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилердиң  дәрежели дипломлары, медальлары ҳәм баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.

 


ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги

Мәлимлеме хызмети