Инсан денесиндеги ең қатты материал — тис эмалы. Ол сүйекке қарағанда жүдә беккем ҳәм бактериялардың тәсирине қарсы тура алады. Тислердиң раўажланыўы нәресте ана қурсағында жатырғанында басланады, ал дәслепки сүт тислери шама менен 6-12 айлығында шығады.

Инсанлардың бәршесинде өмири даўамында еки мәрте ғана тис өзгереди: алды менен сүт тислери, кейин турақлы тислер пайда болады. Усы турақлы тислерди туўры сақлаў әҳмийетли, себеби таза тис қайта шықпайды. Айтып өтиў орынлы, ҳәр бир инсанның тис излери ҳәр түрли, бармақ излери сыяқлы қайталанбайды, бул олардың айрықша «жеке гуўалығы» десек те болады.

Тис саламатлығы улыўма организмниң жағдайына да тәсир өткереди. Мәселен, пародонтоз жүрек ҳәм диабет сыяқлы аўыр кеселликлерди күшейтиўи мүмкин. Соның менен бирге, силекейдиң да айрықша роли бар: ол аўқат қалдықларын шайып, аўыз қуўыслығындағы кислота дәрежесин турақлы дәржеге келтирип, тис эмалын эрозиядан қорғайды.

Тистиң қәдирин тек аўырған гезде билетуғынымыз өкинишли. Олар бизиң денсаўлығымыздың ғана емес, өмиримиздиң айнасы. Қарсы алдыңыздағы инсанға күлимсирегенде көзге тасланатуғын аппақ тис – исенимниң, гөззаллықтың ҳәм саламатлықтың белгиси. Олардың биз билмейтуғын сырлары да жетерли.

Тислер инсан организминиң ең қатты клеткаларынан қуралған бөлеги. Олар тек аўқатты усақлап шайнаўы менен шекленбейди, сөйлеўимиз бенен жүзимиздиң тартымлы көриниўи де тиккелей тислерге  байланыслы. Изертлеўлерге қарағанда инсан өмири даўамында 38 миллион мәрте шайнаў ҳәрекетин жасайтуғын екен.

Тислердиң баслы душпаны – қант пенен туўры күтим жасалмаўы. Қурамында қант мөлшери көп өнимлер тис эмалының бузылыўына алып келеди. Тислердиң саламатлығы ушын туўры аўқатланыў менен турақлы тазалыққа итибар бериў керек. Инсанның силекейи – тәбийий тазалаўшы қурал. Ол аўыз қуўыслығының кислоталы нормасын қәлпине келтирип, тисти бактериялардан қорғайды. Сонлықтан күнине еки мәрте тис жуўыў менен бирге, суўды тез-тез ишип, аўызды қурғақ қалдырмаўымыз керек.

Тислеримизге туўры күтим жасаў олардың узақ хызмет етиўине тәсир етеди. Туўры щеткадан пайдаланыў, тис жиплери менен тазалаў ҳәм өз уақтында стоматологқа барыў – саламатлықтың гиреуи есапланады. Көпшилик инсанлар  тис аўырмағанша шыпакерге көринбейди, бирақ өз ўақтында  профилактика иләжларын өткериў ҳәр қандай кеселликтиң алдын алады.

Туўры күтим жасалған тислер тек ғана исенимлилик сыйлап ғана қоймастан, жүрек-қан тамырлары кеселликлериниң алдын алыўға да көмеклеседи екен. Өмирдиң ҳәр бир демлерин күлип қарсы алыў ушын тислериңизге итибар берип, өз ўақтында тис шыпакерине көриниўди умытпаң!

 

(Интернет материаллары тийкарында таярланды)

Гулнара Абдиева,

ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети,

Мәлимлеме хызмети ҳәм жәмийетшилик пенен байланыслар топары 4-курс студенти