Ана сүти – жаңа туўылған нәрестелер ушын ең жақсы азықландыратуғын өним болып табылады. Себеби ана сутин емген бала басқа балаларға қарағанда денсаўлығы беккем болады. Нәрестелигинен aна сүти менен aзықланған бала ойлаў қәбилети тәрепиненде раўажланған болады. Ана сүти төмендеги пайдалы қәсийетлерге ийе:
Азықлық элементлер: Ана сүти нәрестениң барлық керекли элементлерине болған мүтәжлигин қандыради. Ол протеинлер, майлар, витаминлер ҳəм минералларды өз ишине алады.
Иммун системасын қоллап-қуўатлаў: Ана сүтиниң қурамында болған антителолар нәрестениң иммун системасын күшейтеди ҳəм кеселликлерден қорғайды.
Аңсат ас сиңириў: Ана сүти нәрестелер ушын аңсат ас сиңириў болып, бул болса асқазан ҳəм ишеклер ушын пайдалы болып табылады.
Эмоционал байланыслар: Емиў процеси аналар ҳəм нәрестелер арасында зəрүрли эмоционал байланысты раўажландырады.
Өспиримликте саламатлық: Ана сүти менен азықланған балалар үлкейгенде басқа балаларға қарағанда саламатлығынан азырақ машқалаларға дус келеди екен.
Ал, ана сүтиниң орнын басыўшы өнимлер – ана сүтине алтернатив ретинде қолланылатуғын жасалма азықлық элементлер болып табылады. Бул өнимлер аналар ушын баланы азықландырыўшы ең қолайлы ҳәм аңсат aзықландырыў жолы болыўы мүмкин, бирақ ана сүтиниң орнын басыўшы өнимлер витаминлерге бай болғаны менен aна сүтиндей пайдалы болмайды.
Ана сүтиниң орнын басыўшы өнимлер нәрестеге керек ҳәмме витамин ҳәм элементлер менен байытылған болғаны менен балада салмақ aртыўы, ҳәрекетлениўи aзайыўы, және де тынышсызланыў гузетиледи. Бул нәрестениң өзинеде, анасынада қолайсызлық келтирип шығарады.
Азықлық элементлер менен байытылған: ана сүтиниң орнын басыўшы өнимлер нәрестениң мүтәжликлерин қандырыў ушын арнаўлы ислеп шығылған, бирақ олар ана сүти менен бирдей емес.
Туўылғанынан кейин көбирек еркинлик: ана сүтиниң орнын басыўшы өнимлер менен аўқатландырыў, аналар ушын ўақыт ҳəм орын тəрепинен қолайлық усыныс етеди.
Аллергиялық тәреплери: ана сүтиниң орнын басыўшы өнимлер айырым балаларда аллергияларға себеп болыўы мүмкин, сол себепли ықтиятлылық менен таңлаў зəрур.
Бирақ, ана сүтин бериў мүмкиншилиги болмаған жағдайларда, ана сүтиниң орнын басыўшы өнимлерге зəрүрлик болыўы мүмкин.
Ҳəр бир ата-ана өз баласы ушын ең жақсы таңлаўды əмелге асырыўда жеке мүтәжликлерди ҳəм шәраятларды есапқа алыўлары керек. Солай екен, перзентиңиздиң рaўaжланыўы, денсаўлығы беккем болыўы өзиңиздиң қолыңызда.
Мунира Файзуллаева,
ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети,
4-курс студенти
















