Warning: "continue" targeting switch is equivalent to "break". Did you mean to use "continue 2"? in /home/jaslaruz/domains/qrdsm.uz/public_html/wp-content/plugins/telegram-for-wp/inc/Notifcaster.class.php on line 318
Саламатлық сақшылары сыйлықланды – Qaraqalpaqstan Respublikası Densawlıqtı saqlaw ministrligi
  Click to listen highlighted text!

Саламатлық сақшылары сыйлықланды

206

Ҳәр жылы ноябрь айының екинши екшембиси шыпакерлердиң кәсиплик байрамы сыпатында кеңнен белгиленип келинбекте.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси менен биргеликте “Медицина хызметкерлери күни” байрамы мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы аймақлық балалар реабилитация орайының мәжилислер залында “Медицина хызметкерлери күни” байрамы мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов, Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы кеңесиниң баслығы Л.Байбосынова, медицина хызметкерлери ҳәм нураныйлар қатнасты.

Шығып сөйлегенлер бәршени байрам менен қызғын қутлықлады.

Илажда “Жылдың ең жақсы шыпакери” таңлаўының  жеңимпазларына, Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң хызметкерлерине, денсаўлықты сақлаў тараўында жемисли мийнет еткен мийнет нураныйларына, денсаўлықты сақлаў тараўындағы жемисли хызмети ушын пидайы хызметкерлерге “Ҳүрмет жарлығы” ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Сондай-ақ, «Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў ағласы» көкирек белгиси, Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Миннетдаршылық хаты, Өзбекстан Республикасы денсаўлықты министриниң «Алғыснама»сы, «Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў ағласы” көкирек белгилери тапсырылды.

 

Skip to content Click to listen highlighted text!