Warning: "continue" targeting switch is equivalent to "break". Did you mean to use "continue 2"? in /home/jaslaruz/domains/qrdsm.uz/public_html/wp-content/plugins/telegram-for-wp/inc/Notifcaster.class.php on line 318
Мақсет – халқымыздың саламатлығын сақлаў – Qaraqalpaqstan Respublikası Densawlıqtı saqlaw ministrligi
  Click to listen highlighted text!

Мақсет – халқымыздың саламатлығын сақлаў

296

Саламатлық ҳәм стратегиялық раўажланыў институты Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен бүгинги күнде Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген саламат турмыс тәризин халық арасында кеңнен ен жайдырыў, келешек әўладты кәмил инсанлар етип жетилистириў бағдарындағы ўазыйпалары шеңберинде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
«Медицина хызметкерлери күни» байрамы мүнәсибети менен усы институттың қалалық ҳәм районлық бөлимлериниң қатнасыўында халқымыздың саламатлығын сақлаў хәм беккемлеўде алып барып атырған илажларын видеоролик көринисинде көрсетип бериў бойынша таңлаў жәрияланған еди. Таярланған видеороликлер Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң социаллық тармақларында берип барылды.
Таңлаў нәтийжелерине бола,   Қараөзек, Хожели районлық бөлимлери биринши, Нөкис қалалық бөлими екинши, Беруний районлық бөлими  үшинши орынды ийеледи. Таңлаўда белсене қатнасқанлар Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
   
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети,
Мавлуда Нураддинова, 

ҚМУ студенти, әмелиятшы

Skip to content Click to listen highlighted text!