Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў фондының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими хызметкерлери тәрепинен мәпдар мәкан пуқаралар жыйынларының басшылары ҳәм белсендилери, медицина хызметкерлери ҳәм тараў қәнигелериниң қатнасыўында мәкан пуқаралар жыйынынларында үгит-нәсият илажлары әмелге асырылмақта.
Нәўбеттеги илаж Нөкис қалалық медицина бирлеспесине қараслы 2-санлы шаңарақлық поликлиникасының медицина бригадасы хызметкерлери менен биргеликте Нөкис қаласы «Қурылысшы» МПЖда өткерилди.
Халық пенен ушырасыў ҳәм сәўбетлесиўлерде мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўдиң мақсети, ҳәр бир шаңарақта жасаўшы пуқараларға көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң сапасын арттырыў, денсаўлықты сақлаў системасында әмелге асырылып атырған реформаларды избе-из даўам еттириў, бюджет қаржыларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиў мәселелери түсиндирилди. Сондай-ақ, бул бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 5-сентябрьдеги “Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарары бойынша мағлыўматлар ҳәм онда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша түсиниклер берилди.
Бул бойынша үгит-нәсиятлаў илажлары орынларда еледе даўам етеди.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети