Скандинавша жүриў бул қандай жүриў?
Скандинавша жүриўде белгили бир шынығыў усылын қоллаў арқалы, арнаўлы таярланған таяқшалар жәрдеминде жүриў техникасынан пайдаланылады.
Бул жүриў “арқа тәреп”(“Нордиц ўалкинг”), “скандинавша” ҳәм буннан тысқары, “вша” жүриў деп аталып, физикалық белсендиликтиң бир түри есапланади.
Скандинавша жүриўдиң саламатлыққа пайдалы тәреплери:
Бир ўақыттың өзинде денениң жоқары ҳәм төменги бөлимлердеги булшық ет тонусын (активлигин) тәминлейди;
Мойын ҳәм желке ҳәмде геўдениң тик тутыў ушын қәдди-қәўметти туўрылаўға қолай;
Тең-салмақлық ҳәм масласыўди жақсылайды;
Жүрек-қан тамыр ушын шынығыўлар жетерли болады;
Төбеликке көтерилиўге жәрдем береди;
Омыртқа бағанасы ҳәм сүйеклер, буўынлар аўырыўлары бар инсанларды өмирге толық қайтарады.
Жүриў техникасын туўры қоллаў нәтийжесинде:
Сүйеклерди бириктириўши буўынларға илажы барынша кем жүк түседи.
Көкирек керилип жүриледи, геўдени тик тутыў жақсыланады,
Қатты толқынланыў (стресс) ге шыдамлылық артады, қорқыў ҳәм тәшўишлениў дәрежеси пәсейеди,
Адам тойып уйықлайды, бундай адамларда өмир көриў даўамлылығы сыпаты өзгереди.
Есте сақлаң! Басында 8-10 шынығыў ислеў – ең мақул муғдар. Жүриўден алдын, қызып алыў шынығыўларын өткизиў лазым. Егер адамда булшық етлер қызбаса, онда жарақат алыў қәўипи артады.
Шынығыўлар қанша ўақыт даўам етиўи керек?
Буның барлығы шуғылланыўшының имканиятына байланыслы. Шынығыўлар ушын улыўма қағыйда орташа тезликте, Жәҳән Денсаўлықты сақлаў шөлкеми Скандинавша (“арқа тәреп”-“Нордиц ўалкинг”) тың саламатластырыў дәрежеси: денсаўлық ушын пайдалы тәрепи бир ҳәптеде 5 мәрте 30 минутдан жүриўди усыныс етеди.
Шынығыўларды бирден уқсата алмаўы мүмкин, тек соған интилиў зәрүр. Шуғылланыўшыға имканиятына қарап, шынығыўлар ўақтын белгилеў керек. Алдын оған 10 минут жетерли.
Бүгинги күнде кем ҳәрекетлик пенен жасаў көплеген кеселликлер келтирип шығармақта.
Скандинавия таяқларында жүриў болса, бундай кеселликлердиң алдын алыўға ҳәмде инсанлардың денсаўлығына жәрдем береди.
Усы саламатластырыў шынығыўларын ерте таңда арнаўлы жерлерде жас ҳәм кекселер орынлаўы мүмкин.
Саламатлық ҳәм стратегиялық раўажланыў институти
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими