Министр басшылығындағы делегация ағзалары Египетте хызмет сапарында болды.
Медицина тараўында халықаралық бирге ислесиў ҳәм сырт ел тәжрийбесин елимизге алып кириў бойынша, Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.
Усындай бирге ислесиўлер шеңберинде, сырт ел медицина тәжрийбесин елимизде қоллаў ҳәм медицина хызметкерлерине үйретиў мақсетинде жыл басынан берли бир қатар жойбарлар белгилеп алынған еди.
Усы жылдың 17-20-ноябрь күнлери аралығында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов басшылығындағы ҚР ДСМ делегация ағзалары Египет Араб Республикасының Каир қаласында хызмет сапарында болды.
-Биз Каир қаласына барғанымызда, бизди ол жердеги қәнигелер жақсы күтип алды. Ол жерде тәжрийбели шыпакерлер ҳәм басқада қәнигелер менен пикир алысып, семинарлар шөлкемлестирилди. Әлбетте, бундай хызмет сапарлары бир жағынан сырт ел кәсиплеслеримиз бенен тәжрийбе алмасыў болса, бир жағынан медицина туризминиң раўажланыўына себеп болады,-дейди министрликтиң Инвестицияларды тартыў ҳәмде мәмлекет-жеке меншик шериклик ҳәм аутсорсингти раўажландырыў сыӊары бас қәнигеси З.Палуаниязова.
Әлбетте раўажланған медицина бар жерде, наўқаслар ушында ҳәр тәреплеме имканиятлар жаратылады. Елимизде қаншелли медицина раўажланса, пуқаралар ушын қолайлықлар болады.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов хызмет сапары даўамында Египет Араб Республикасының “Alameda Healthcare group” шөлкеми директоры мырза Neeraj Mishra менен денсаўлықты сақлаў тараўын еледе раўажландырыў мақсетинде өз-ара бирге ислесиў бойынша Меморандумға қол қойысты.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети