Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен медицина тараўында халықаралық бирге ислесиў ҳәм сырт ел тәжрийбесин елимизге алып кириў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Усындай бирге ислесиўлер шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги қурамынан дүзилген топар ағзалары Башқуртстан Республикасы “Шаңарақ саламатлығы дыққат итибарда” аймақлараралық форумы конференциясында қатнаспақта.

Министрлик қурамынан дүзилген топарға ҚР Денсаўлықты сақлаў министр орынбасары Т.Сарбаев басшылық етпекте.

Конференцияда ана ҳәм бала саламатлығын қорғаў тараўында республика қала ҳәм районлардың ҳәкимликлери басшылары, денсаўлықты сақлаў шөлкемлери, акушер-гинекологлар, педиатрлар ҳәм неонатологлар қатнаспақта.

– Конференцияда өз-ара тәжрийбе алмасыў ҳәм бул бойынша билимлерин асырыў ушын талқыланыў майданшасы жаратылған. Ис тәжрийбемизде бул конференция әлбетте өз нәтийжесин берери анық,-дейди Қараөзек районлық медицина бирлеспеси баслығы Али Тоқсанбаев

 

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети