Warning: "continue" targeting switch is equivalent to "break". Did you mean to use "continue 2"? in /home/jaslaruz/domains/qrdsm.uz/public_html/wp-content/plugins/telegram-for-wp/inc/Notifcaster.class.php on line 318
Өз-ара жәрдем мәденияты қәлиплеспекте – Qaraqalpaqstan Respublikası Densawlıqtı saqlaw ministrligi
  Click to listen highlighted text!

Өз-ара жәрдем мәденияты қәлиплеспекте

136

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 26-августтағы “Пуқаралық жәмийети институтларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы пәрманында белгиленген “Пуқаралық жәмийети ҳәптелиги” шеңберинде Рреспублика көлеминде аймақлық қан қуйыў орайлары менен биргеликте усы жылдың 2-6-декабрь күнлери “Биз донормыз!” қан тапсырыў акциясын өткериў режелестирилген.

“Юксалиш” ҳәрекети тәрепинен “Биз – донормыз!” атамасындағы донорлық қайырқомлық акциясы Нөкис қаласындағы Қарақалпақстан Республикасы қан қуйыў орайында өткерилди.

Онда, мәҳәлле баслықлары, белсендилери ҳәм мәҳәлле жетилиги қатнасты.

Мақсет – қурамалы операциялардан кейин, аўыр жарақатлар ямаса онкологиялық кеселликке шатылған ҳəм қан қуйыўға жүдə мүтəж наўқасларды қоллап-қуўатлаў болып табылады.

Соның менен бирге, акция жəмийетте өз-ара жəрдем мəдениятын қəлиплестириў, бул процесстиң əҳмийетин кеңнен түсиндириў, сондай-ақ, донор қаны қытшылығы машқаласына жəмийетшиликтиң итибарын қаратыўға бағдарланған.

Бундай илажларды үзликсиз түрде өткериў емлеўханалар ҳəм медицина орайларында қанның жеткиликли дəрежеде тəмийинлениўине жəрдем береди, бул əсиресе, айрықша жағдайлар ҳəм режелестирилген операциялар ушын зəрүрли болып табылады.

  

Мағлыўмат ушын, Жəҳəн Денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң усынысына бола, халықты қан компонентлери менен тəмийинлеў ушын қан тапсырыўлардың саны халықтың санына салыстырғанда ҳəр 1000 адамға кеминде 10 адамды ямаса халық санына салыстырғанда 1 процентин қураўы керек. Өзбекстанда бул көрсеткиш 2023-жылда ҳəр 1000 адамға 7,8 донор туўра келген. Бул 0,78 процентти қурайды.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети

Skip to content Click to listen highlighted text!