Ҳәр бир кеселликтиң алдын алыў, инсан саламатлығының кепили. Буның ушын ҳәр бир адам саламат турмыс қәлпине әмел етиўи, спорт пенен турақлы түрде шуғылланып барыўы ҳәм ҳәр жыл сайын медициналық тексериўден өтиўи шәрт.
Усы жылдың 21-22-январь күнлери аралығында Тахтакөпир районы Дәўқара аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 37-санлы шаңарақлық поликлиникасында арнаўлы шыпакерлер тәрепинен Дәўқара ҳәм Қаратерең елатларында жасаўшы 178 пуқара тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерилди.
Соның ишинде, усы медициналық тексериўден өткерилген 86 пуқараға бийпул дәри-дәрмақлар, профилактикалық ҳәм созылмалы кеселликлери бар пуқараларға амбулаториялық шараятта емлениўге усыныслар, зәрүрлигине қарай районлық емлеўханаға емлениў ушын жолламалар берилди.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети