Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм халықаралық «Шегарасыз шыпакерлер» шөлкеми туберкулез кеселлигин емлеў бойынша 1998-жылдан баслап бирге жумыс алып барып атыр.

Туберкулез кеселлигин тастыйықланған стандартлар тийкарында емлеў ушын 1998-жылдан баслап ДОТС бағдарламасы енгизилди. Бул бағдарлама 2003-жылға келип республикамыз барлық районларын қамтып алды.

Туберкулез кеселлигинде дәриге турақлылықты анықлаў мақсетинде Республика фтизиатрия ҳәм пульмонология орайы лабораториясында 2003-жылдан баслап дәриге сезимталлықты тексериў жумыслары жолга қойылды ҳәм сол жылдан баслап дәриге сезимталлық тести нәтийжеси бойынша емлеў ушын ДОТС+ бағдарламасы бойынша емлеў басланды.

Ҳәзирги ўақытта Республика фтизиатрия ҳәм пульмонология лабораториясында заманагөй лаборатория жумыс ислеп атыр. Халықаралық «Шегарасыз шыпакерлер» шөлкеми тәрепинен өткен жыллар даўамында наўқасларды үзиликсиз дәри менен тәмийинлеў ушын дәри-дармақ ҳәм лабораториялық реактивлер менен турақлы түрде тәмийинлеў әмелге асырылып келинди.

Туберкулез кеселлигинде жаңа емлеў усылларын қолланыў ушын, биргеликте 6 айлық қысқа емлеў усылы бойынша клиникалық иззертлеў жумыслары алып барылып, нәтийжеде бул усыл жоқары нәтийже көрсеткенлиги себепли пүткил дүнья жузине туберкулез кеселлигин емлеў ушын Дунья жүзлик денсаўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен усыныс етилди.

Ҳәзирги ўақытта жумыс барысында анықланған машқалаларды сапластырыў ушын айына бир мәрте «Шегарасыз шыпакерлер» шөлкеми қәнигелери ҳәм Республика фтизиатрия ҳәм пульмонология орайы ҳәкимшилиги менен мәжилис өткерилип турады.

Бирге ислесиў нәтийжесинде республикамызда туберкулез кеселлиги менен кеселлениў көрсеткишлерин бир қанша кемейтиўге ерисилди.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети