Халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң сапасын арттырыў, денсаўлықты сақлаў системасында әмелге асырылып атырған реформаларды избе-из даўам еттириў, бюджет қаржыларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин республиканың басқа аймақларына енгизиў бойынша жумысларды әмелге асырыў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2024-жыл 5-сентябрь күни «Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.Президент қарары тийкарында бул механизм 2024-жылдың 1-октябринен баслап, Ташкент қаласы ҳәм Сырдәрья ўәлаятында, 2025-жылдан баслап Қарақалпақстан Республикасы, Наўайы, Самарқанд, Бухара, Хорезм ҳәм Қашқадәрья ўәлаятлары, 2026-жылдан баслап мәмлекетимиздиң барлық аймақларында енгизилиўи белгиленген еди.
Усы қарардың әҳмийетин кең жәмийетшиликке кеңирек түсиндириў мақсетинде, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен “Медицинаға мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлери енгизилиўи бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары ҳәм алдағы режелери ҳақкында” баспа сөз конференциясы өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри Мурат Курбанов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими баслығы Қурал Камалов, Республикалық емлеў ҳәм профилактика мәкемелери басшылары, медицина хызметкерлери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў шеңберинде бийпул медициналық хызметлер ҳәм дәри-дәрмақлар мәмлекет бюджетине төленетуғын салықлар есабынан әмелге асырылады. Яғный, халықтан қамсызландырыў ушын қосымша төлем өндирилмейди.
Төмендегилерди нәзерде тутыўшы мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлер басқышпа-басқыш енгизиледи, соның ишинде:
-мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қапланатуғын медициналық жәрдемниң кепилленген көлемлери тастыйықланады ҳәм бул пакетке киргизилген медициналық хызметлер ҳәм дәри қураллары Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры қаржылары есабынан көрсетиледи;
-кепилленген пакетке киргизилген медициналық хызметлерден бийпул пайдаланыў ушын белгиленген мүддетлерде тийисли медициналық тексериўлерден өтиў, шаңарақлық шыпакерге яки медицина бригадасына мүрәжат етиў талап етиледи;
-шыпакер рәсмийлестирген электрон рецепт тийкарында дәри қураллары кепилленген пакет шеңберинде наўқасларға дәриханалар есабынан бийпул бериледи ҳәм дәриханалардың тийисли қәрежетлери Қор қаржылары есабынан қапланады (реимбурсация бағдарламасы);
-медицина шөлкемлери жумысындағы процесслерди өз ишине алыўшы «Электрон денсаўлықты сақлаў» мәлимлеме системасы жаратылады ҳәм иске түсириледи;
-кепилленген пакетке киргизилген медициналық хызметлерди көрсетиўге мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес медициналық шөлкемлер кеңнен тартылады.
-районлық (қалалық), ўәлаятлық ҳәм республикалық емлеўханаларда медициналық жәрдем көрсетиўде кеселликтиң аўырлық дәрежесинен келип, бийпул емленетуғын наўқаслардың дизими тастыйықланады ҳәм әмелиятқа енгизиледи;
-жеңилликли категориядағы шахслар шыпакер көрсетпесине бола мәлимлеме системасы арқалы қәлиплестирилетуғын жоллама тийкарында Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан бийпул емленеди.
Қарарға муўапық, 2025-жыл 1-июльден төмендегилер мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлери енгизилген аймақларда район (қалалық) ҳәм аймақлық дәрежедеги медицина мәкемелеринде режели стационар мецидиналық жәрдемди электрон гезек тийкарында бийпул алыў ҳуқықына ийе болады:
-физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы яки социаллық салық төлеўшилер;
-Салық кодексине муўапық мийнет стажын есаплап шығыў ушын белгиленген муғдарларда салық төлеген шахслар;
-жас өспиримлер, билимлендириў шөлкемлери оқыўшы- студентлери, ҳәмиледар ҳаяллар ҳәм еки жасқа толмаған баласын бағып атырған шахслар, мийнет уйымларына жумыссыз сыпатында рәсмий дизимнен өткенлер, мәмлекетлик пенсиясын алыўшылар ҳәм «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы арқалы кем тәмийинленген деп көрсетилген шаңарақлардың ағзалары.
2027-жыл 1-январьдан соңғы бир жыл даўамында кеминде 6 ай физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы социаллық салық төлегенлер ушын мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасында жоқары технологиялық медициналық жәрдем бийпул әмелге асырылады.
Қарарға муўапық, мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиў шеңберинде:
– 2024-жылдың ақырына шекем «Электрон поликлиника» ҳәм «Электрон емлеўхана» мәлимлеме системалары әмелиятқа енгизилди;
-мәмлекетлик медициналық қамсызландырыўдың мәлимлеме системасы ислеп шығылды ҳәм әмелиятқа енгизилди;
-медицина мәкемеси басшысына мәкемениң қуўатлылығы шеңберинде бөлимшелердиң қәнигелесиўин, олардағы емлениў орынлары санын өзгертиў ҳәм ажыратылған қаржылар шеңберинде хызметкерлер санын жумыс көлемине муўапық белгилеў кепиллиги бериледи;
-медицина мәкемелери ушын тастыйықланған штат нормалары усыныслық түрге ийе есапланады ҳәм 2025-жылдың 1-июльинен медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеўдиң өз алдына тәртиби ҳәм шәртлери енгизиледи;
-көрсетилип атырған медициналық жәрдемниң тастыйықланған стандарт ҳәм протоколларға муўапықлығы ҳәм сапасы қадағаланады.
2025-жыл 1-апрельге шекем Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан жеңилликли категорияға кириўши шахслар емленетуғын наўқаслар дизими ҳәм базалық баҳалары наўқасларды емлеў бағдарлары тийкарында барлық медицина шөлкемлери ушын қайта тастыйықланады.
Баспа сөз конференциясы даўамында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери өзлери қызықтырған сораўларына тийисли тараў қәнигелеринен толық жуўаплар алды.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети